Илимий искерлик

Мәмлекетлик бюджеттен қаржыландырылған темалар ҳаққында мағлыўмат:

ОТ-A-14-25 «Модификацияланған вермикулит тийкарында ыссылық сақлаўшы композицион материаллардың қурамын ҳәм технологиясын ислеп шығыў»

Орынланыӯ мүддети:  2017-2018 жыллар

 

Жойбар басшысы: хи.к., доцент Нурымбетов Бахтияр Чимбергенович

Жойбар бойынша алынған нәтийжелер

Ыссылық сақлаўшы материалларды алыўда пайдаланылатуғын жеңил толтырыўшылар қәсийетлерин үйрениў бойынша орынланған жумыслар менен танысып шығылды.

Тебинбулақ вермикулит концентраты байытылғаннан кейинги үлгилердиң 1, 2 мм фракцияларын лаборатория муфель печинде 900, 950, 1000 ºС да 1 саат даўамында термик ислеў берип көпшитлген (бөрттирилген) вермикулит алынды. Алынған вермикулит толтырыўшының көлем аўырлықлары анықланды. Вермикулит концентраты ҳәм ҳәр қыйлы фракцияларының (2 түрли фракциясы) химиялық ҳәм фаза қурамлары үйренилди. Алынған нәтийжелер анализ қылынды.

Көпшитилген вермикулитти  модификациялаў ушын тальк минералы ҳәм кальций стеараты таңланды. Тальк ҳәм кальций стеараты араласпалары 1:1,  1:1,5, 1:2 қатнасларда лаборатория дигирманында араластырыў усылы менен таярланды. Тальк ҳәм кальций  стеараты тийкарында таярланған модификаторларды көпшитилген вермикулит пенен араластырып модификацияланған көпшитилген вермикулит алынды. Көпшитилген вермикулитти модификациялаў ушын оптимал қурам ҳәм технологик факторлар анықланды.

Көпшитилген ҳәм модификацияланған вермикулит тийкарында ыссылық сақлаўшы композицион материаллар алыў ушын қурам ислеп шығылды. Алынған ыссылық сақлаўшы композицион материаллардың көлем аўырлығы ҳәм беккемлиги минерал байланыстырыўшының муғдарына байланыслылығы анықланды.

Жойбар бойынша төмендеги мақалалар баспадан шығарылды:

  1. H.Talipow, A.A.Tuljaganow, G.M.Dossanowa, H.E.Irismetow, U.A.Jakubow. Die chemise modification des kalziumsulfat-halbhydrats und die herstellung von warmedammstoffen. // Веймарская гипсовая конференция – TAGUNGSBERIGHT, 14-15 март 2017, с.281-284
  2. Г.М.Досанова, Н.Х.Толипов. Теплоизоляционные материалы на основе вспученного вермикулита. // ГУП «Фан ватараққиёт» Таш ГТУ имени Ислама Каримова «Современные технологии получения и переработки композиционных и нанокомпозиционных материалов», 25-25-май 2017 г. c.162-163.
  3. Досанова Г.М., Нурымбетов Б.Ч., Турдымуратов Э.М., Қарлыбаева Б.П., Мауленбергенова Б.Б. Components of heat insulation on the basis of distended vermiculus. // Наука и образование в Каракалпакстане. Нукус-2017, № 3, в печати.
  4. Досанова Г.М., Нурымбетов Б.Ч., Реймов А.М. Виды и свойства неорганических пористых заполнителей применяемые в производстве теплоизоляционных материалов. // Композиционные материалы. Узбекский научно-технический и производственный журнал. №3/2017, Ташкент, в печати.
  5. Пат. Сухая строительная смесь / Н.Х.Талипов, Г.М.Досанова (Узбекистан). – № IAP 20170234; заяв.16.06.2017.

 

 

ПЗ-2017092765-«Боян тамырынан ажыратылған глицирризин кислотасы тийкарында бийдайдың  өсиӯин стимуллаӯшы, фунгицидлик қәсийетке ийе болған препарат жаратыӯ ҳәм алыӯ технологиясын ислеп шығыӯ» әмелий жойбар жумысы

 

Орынланыӯ мүддети:  2018-2020 жыллар

 

Жойбар басшысы: х/и.к., доцент Алланиязова Мапруза Қдырбаевна

 

Әмелий жойбар жумысының мақсети:  Қоршаған орталыққа зыянсыз, киши дозаларда бийдайдың өсиӯин тезлестириӯши ҳәм оның зәң-замаррықлы кеселликлерине қарсы эффектив фунгицидлиик тәсир көрсетиӯши мәҳәллий препарат жаратыӯ және алыӯ технологиясын ислеп шығыӯға арналған.

Ӯазыйпалары:

  • Жойбар темасына байланыслы әдебий мағлыӯматлар анализи;
  • Қарақалпақстан Республикасы аймағында өскен жабайы боян өсимлиги тамырынан ажыратылған глицирризин кислотасы тийкарында жергиликли препарат алыӯ;
  • Бийдайдың өсиӯин тезлестириӯши ҳәм зәң-замаррықлы кеселликлерге қарсы фунгитоксик қәсийетлерин лаборатория, дала шәриятында тәжирийбе-сынаӯ жумысларын үйренгеннен кейин, оның норматив ҳүжжетлериниң жойбарын таярлап, Өзбекистан Республикасы Аӯыл-хожалығы министрлиги қасындағы Мәмлекетлик химия комиссиясына усынылады. Жойбардың соңғы нәтийжелерин болса 2020-2021 жылларға инновациялық жойбарды орынлаӯ менен әмелиятқа енгилиледи.

Тәжирийбелер нәтийжесинде: бийдайдың өсиӯин тезлестириӯши ҳәм зәң-замаррықлы кеселликлерге қарсы фунгитотоксик қәсийетке ийе болған препарат жаратылды.

– Препараттың сақланыӯ мүддети, стандартизация ҳәм эффектив тасир етиӯ дозалары (концентрациясы) анықланды.

– Ҳәрқыйлы бийдай сортларын препараттың белгиленген концентрациядагы еритпелери менен ислеӯ берилгенде олардың зүрләәтлиги  артыӯы  гүзетилди.

– Алынған препараттың лаборатория регламенти жойбары ислеп шығылды және зәҳәрлик дәрежеси  изертленип, оның дерлик зәҳәрсиз екенлиги анықланды.

– Препаратларға патент алыӯ ушын 1 патент ва 1 фойдали модельга ҳүжжет таярланып, оларды ӮзР Интеллектуал мулк агентлигине  тапсырылды.

– Изертлеӯ нәтийжелери бойынша: 3 мақала сырт ел (Скопус) журналида, 2 мақала республика көлеминдеги илмий журналда, 13 тезис баянатлары республика ҳәм халқаралық илимий-әмелий конференциялар топламларында баспадан шықты. Әмелий жойбар жумысы бойынша 1 бакалавр питкериӯ жумысы менен 1 магистрлик жиссертация жумысы таярланды.

Ҳәзирги ӯақытта изертлеӯ жумыслары Қарақалпақстан Республикасы дийханшылық илим-изертлеӯ институтының тәжирийбе-сынаӯ майданларында егилген  гүзлик ҳәм жазлық бийдайларга препараттың тәсирин үйренилди.

«Жас химик» илимий дөгерегиндеги илимий-изертлеў жумыслары менен шуғылланып

атырған зийрек студентлер ҳаққында мағлаўмат

 

Т/р Студенттиң Ф.И.Ш. Курсы Илимий темасы Илимий басшысы Ф.И.Ш.
1 Пирниязов С 4б – химия Жергиликли гипсли шийки затлар тийкарында  қурылыс материалларының ққәсийетлери үйрениў Нурымбетов Б.Ч.
2 Абипова А 4б – химия Жергиликли мергеллар тийкарында алынған  қурылыс материалларының қәсийетлерин үйрениў Нурымбетов Б.Ч.
3 Сарсенбаева Р 4б – химия Модификацияланған бентонитлердиң адсорбцион қәсийетлерин үйрениў Джумамуратова М.Ш.
4 Папиева Г 4б – химия Сырт‒актив затлар тәсиринде суспензиялардың коллоид химиялық процесслерин үйрениў Джумамуратова М.Ш.
5 Сейтимова Н 4б – химия Структуранттың айырым коллоид-химиялық қасийетлери Шарипова А.И.
6 Имаматдинова Н 4б – химия Полиэлектролит тийкарында бурғылаў еритпесиниң алыныўы Шарипова А.И.
7 Мавлонов Ж 4а – химия Катехин менен жүзим дәнеси полифенолларын стандартлаў Пирниязов А.Ж.
8 Нурымбетова М 4б – химия Өсимликлерде полифенол бирикпелердиң топланыўында топырақ шорланыўының тәсири Пирниязов А.Ж.
9 Қайратдинова Ш 4б – химия Салы қабығы лигнининин силтили орталықта нитробензолда оксидлеў Джуманова З.К.

 

 

Химиялық технология кафедрасы «Жас технолог»  дөгерек ағзалары топары ҳаққында  МАҒЛЫЎМАТ

т/р

 

Студенттиң Ф.И.Ш. Курсы Илимий темасы Илимий басшысы

Ф.И.Ш

1 Қарлыбаева С 4 – химиялық технология Кальцинацияланған сода ислеп шығарыўда дистилляция процессин интенсивлеў Хожаметова Б
2 Базарбаева М 4 – химиялық технология КК шийки затлары тийкарында қурылыс гербиши технологиясын үйрениў Хожаметова Б
3 Оразбаев Н 3-химиялық технология Жергиликли  гипсли шийки затлар тийкарында  қурылыў матеиалларын алыў технологиясы Маденов Б.
4 Йулддашев И 4-химиялық технология Жергиликли фосфорлы шийки затлар тийкарында төгинлер алыў технологиясы Маденов Б.
4 Жапбарбергенов М 4-химиялық технология Қабық трубалы ыссылык алмасыныў қурылмасында трубалар ара бослықтағы процессти интенсивлестириў Нурмухамедов Х.С

Юсупова Н.К.

5 Тилеумуратов Т 4-химиялық технология Фосфогипстен сульфат кислота алыў процессин үйрениў  Нурыллаева А.
6 Палўанова Г 4-химиялық технология Химия санаатында абсорберлерди интенсивлеў Нурыллаева А.

Факультет кафедраларындағы исленип атырған инталы темалар –

  1. КАЛЬЦИНАЦИЯЛАНГАН СОДА ИСЛЕП ШЫҒАРЫЎ ШЫҒЫНДЫСЫ – ДИСТИЛЛЯЦИЯ СУЙЫҚЛЫҒЫНАН ТУЗЛЫ ТОПЫРАҚЛАРДЫ ҚАТЫРЫЎШЫ АЛЫЎ  ТЕХНОЛОГИЯСЫ ИЗЛЕНИЎИ .

(Химиялық технология кафедрасы)

Мақсети – сода ислеп шығарыў шығарыў шығындысы болған дистиллерли суйықлық тийкарында дузланған топырақлардың қатырыўшысын ислеп шығарыў технологиясының теориялық ҳәм әмелий тийкарларын жаратыўға қаратылған. Алынған дуз топырақты қатырыўшы (ТТК) концентратын себиўден алдын тәбиий газди казып алыўда шығатуғын пласть суўлары менен суйылтырыў нормаларын ислеп шығыўға қаратылған.

Орынланған жумыслар. Темаға тийисли әдебиятлар ҳәм материаллар тереңрек анализ қылынды. 1 тонна сода ислеп шығарыўы нәтийжесинде 9 м3 шығынды дистиллерли суйықлыў ажралып шығады. Дистиллерли суйықлық пенен бирге шығынды бассейнге 1 тонна CаCl2, 0,5 т  NaCl  ва 7,5 т H2O келип туседи. Усыныс қылып атырған технология “Қоңырат сода заводи” УК да пайда болатуғын актуаль проблема болған дистиллерли суйықлықтың сондай- ақ газди комплекс таярлаў қосылмасында арал теңизи түбиндеги тәбиий пайда болған пласть суўлары утилизациясына бағышланған.

Бизиң пикиримиз бойынша, тек проекттиң мәселелерин шешиў нәтийжесинде жоқарыдағы проблемаларды шешиў мумкин.

Алынған нәтийжелерден пайдаланыў дәрежеси жоқары болады ҳәм дүнья әмелиятындағы тараў жетискенликлеринен қалыспайды.

натрий, калций ҳәм магний хлоридлер, сулфатлар ҳәм карбонатлардан ибарат болған 2-3-4 компонентли қурамалы суўлы системаларда кең температура ҳәм концетрацион интервалларда ериўшеңлиги ҳәм компонентлерди өз-ара ҳәрекети излениўи; пуўлатыў процессиниң аналитик көрсеткишлерине технологик параметрлердиң тәсирин анықлаған жағдайда дистиллерли суўдың пуўлатыў процессиниң излениўи; концентрация ҳәм температураға көре пуўлатыў процессиниң аралық ҳәм жуўмақлаўшы өнимлериниң реологик қәсийетлерин үйрениў.

 

 

  1. МОДИФИКАЦИЯЛАНҒАН АДСОРБЕНТЛЕР ЖӘРДЕМИНДЕ АҚАБА СУЎЛАРДЫ АЎЫР МЕТАЛЛАР ИОНЛАРЫНАН ТАЗАЛАЎ.

(Физикалық ҳәм коллидлық химия кафедрасы)

Жумыстың актуаллығы: Бул жумыс химия илиминиң коллоид химия тараўына тийисли болып, ең тийкарғы машқала болып турған суў ресурсларын қорғаў, суўдағы араласпаларды айырыў, баҳалы затларды бөлип алыў мәселелерине бағышланған.

Бүгинги күни пайдаланып атырған реагентлердин қымбатлылығы, шеттен алынып келиўи, ҳәр бир суў дереклерине, түрине байланыслы екенлиги, жергиликли арзан минерал сорбентлерди пайдаланыў, адсорбциялық қәсийетлерин белгили бир бағытта жөнелттириў, бет-актив  қәсийетлерин  адсорбция механизмлери арқалы үйрениў теориялық тәрепинен үлкен қызығыўшылық пайда етеди ҳәм әмелий, практикалық әҳмийетке ийе.

Қара, реңли металлургия санааты қайта ислеў өндирисиндеги шығынды ақаба суўлардың патасланыў дереклери аўыр, реңли металлар болып, адсорбентлер жәрдеминде суўларды тазалаў менен биргеликте, суўдағы қымбат баҳа металларды жыйнап алыўда қолланылады. Бул процессте тазаланған суў өндирис ушын қайта пайдаланыўға имканият жаратады.

Жумыстың мақсети: Жергиликли арзан тәбийғый бентониттиң адсорбциялық сыйымлығын жоқарылатыў ушын синтезленген суўда ерийтуғын қурамында амин ҳәм карбоксил топарлары бар  П2М5ВП – 2 метил 5 винилпирин (5 винил α – пиколин) полимер – флокулянт [Патент №IDP 04290]  менен модификациялаў.

Адсорбент ретинде пайдаланыў ушын  жумсақ усыл менен мофикациялаў –  минерал қабатлар арасында жайласқан алмасыўшы ионларды қурамында қарама – қарсы ионға ийе  карбоксиль ҳәм амин топарларын тутқан сополимер  менен алмастырыў ҳәм коллоид –химиялық қәсийетлерин иззертлеў.

Синтезленген полимердиң коллоид-химиялық қәсийетлерине байланыслы ылайлы суспензия системаларына тәсирлерин изертлеў ҳәм адсорбциялық қубылысын анықлаў. Химиялық реагент сыпатында арзан баҳада болыўы, жергиликли затлардан алыныўы, жақсы сақланыўы, бетон ҳәм металл қурылмаларға коррозиялық тәсирин тийгизбеўи зәрүр. Соның ушында технология процессиниң арзан болыўы, шийки затлардың жергиликли болыўына итибар аўдарылды

Жумыстың илимий жаңалығы:

  • Қурамында карбоксиль топарларын тутқан полимер менен модификацияланған жергиликли бентонитти адсорбент ретинде пайдаланыў.
  • Қара, реңли металлургия санааты өндирислик шығынды  суўлар қурамында болатуғын реңли металларды адсорбциялаў қубылысын уйрениў ҳәм технологиялық мутәжлик ушын қайта ислетиў.

 

  1. Илимий-изертлеў жумысының темасы: ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ КАРБОНАТЛЫ ПОРОДАЛАРЫНАН ТИЙКАРЫНДА ҚУРЫЛЫС МАТЕРИАЛЛАРЫН АЛЫЎ.

(Физикалық ҳәм коллидлық химия кафедрасы)

 

Жумыстың актуаллығы: Қарақалпақстан Республикасы өзиниң географиялық жайласыўы бойынша, геологиялық көз қарастан, ең бир қолайлы ҳәм келешеги үлкен районлардың бири болып саналады.

Республикамыз территориясы ҳәр қыйлы қурылыс материалларын ислеп шығарыўда қолланатуғын жер үсти ҳәм жер асты минерал шийки затларға жүдә бай. Олар арасында цемент ислеп шығарыўда пайдаланатуғын карбонат ҳәм мергель породалары, известли-белит қатырыўшыларын, қурылыс ҳәги ҳәм қурылыс гипслерин алыўда қолланатуғын минераллардың шығыў орынлары табылған.

Республикамыз территориясында 142 шығыў орнында 12 түрдеги қурылыс затларын ислеп шығарыўда қолланатуғын минерал шийки затлар бар. Олардан гербиш ушын 33, карбонат породалар 37, гипсли 9 ҳәм цемент ушын 13 шығыў орынлары табылған.

Республикамызда Үстирт, Ақбурлы, Порлытаў, Хожакөл ҳ.т.б. кәнлерде мергеллердиң тәбийғый запасларының көп болыўы, олар  тийкарында  қатырыўшы қурылыс затларын алыў кереклигин ҳәм оларды изертлеўдиң зәрүрлигин келтирип шығарады.

Мергеллер тийкарында қурылыс ислеринде қолланылатуғын жоқары сападағы ҳәк ислеп шығарыў мүмкин емес, себеби оның қурамында көп муғдардағы кальцит пенен бирге аз муғдарларда қум, глина ҳәм басқада  араласпалардың  болыўы, күйдириў өниминиң қурамында еркин кальций оксиди менен басқада минераллардың пайда болыўына алып келеди, нәтийжеде ҳәқтиң сөниў ўақтының узайыўына ҳәм шығымлылықтың азайыўына алып келеди.

Мергеллерди санаатта көпшилик жағдайларда портландцемент алыў ушын пайдаланылады, бирақ Қарақалпақстан аймағында ушырасатуғын тәбийғый мергеллер өзиниң минералогиялық қурамы бойынша портландцемент алыў ушын жарамсыз, себеби оның қурамында глиналық минераллардың муғдары жеткиликсиз болып есапланады. Портландцемент алыўда күйдириў температурасының жоқары болыўы (1400-14500С) алынған өнимниң өзине түсер баҳасын қымбатлатып жибереди.

Жумыстың мақсети:Қарақалпақстан Республикасы Хожакөл кәниниң мергеллерин толық үйренип, ол тийкарында ҳәкли-белитли бириктириўши материал алыўға, оның оптимал күйиў ўақтын ҳәм температурасын анықлаўға, алынған  материалдың қурамын ҳәм қәсийетлерин үйрениўге бағышланған.

Жумыстың әмелий әҳмийети: Мергеллер тийкарында қурылыста кеңнен пайдаланылатуғын (силикат гербиш, силикат блоклар) төмен температурада алынатуғын, өзиниң айырым қәсийетлери бойынша көпшилик бириктириўшилерден үстин туратуғын ҳәк-белитли бириктириўши материал алыў мүмкин.